ЖООларына қабыллаў квоталарын улыўма етип белгилеў усыныс етилди
Жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталарын тәлим бағдарлары ҳәм түрлери бойынша улыўма етип белгилеў усыныс етилди.
“Мениң пикирим” жәмәәтшилик мүрәжатлар порталында тийисли петиция жайластырылған. Айтылыўынша, жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў квоталарын тәлим бағдарларының тәлим түрлери бойынша улыўма етип белгилеў керек.
“Ҳәзирги тәртип бойынша басланғыш тәлим бағдарларының күндизги тәлим түрине оқыўға усыныс етилмеген абитуриенттиң топлаған баллы усы бағдардың кешки ямаса сыртқы тәлим түрине сәйкес келсе де, ол студент болыў бахтына ерисе алмайды. Ямаса басланғыш тәлим бағдарының күндизги тәлим түрине оқыўға тапсырған абитуриент 120 балл топлап оқыўға усыныс етилмеўи мүмкин. Бирақ, усы тәлим бағдарының сыртқы тәлим түрине кириў баллы 110 балл болыўы мүмкин. Бирақ оғанда қабыл етилмейди. Буның себеби тәлим түри басқа екенлигинде”, –деп жазады мүрәжат авторы.
Билдирилиўинше, егер квота улыўма етип белгиленсе, топланған баллар избе-излиги тийкарында алдын күндизги, кейин кешки ҳәм ақырында сыртқы тәлим түрлери тийкарында студентликке усыныс етилиўи мүмкин болады.
Жоқарыдағыларды инабатқа алған ҳалда, жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталарын тәлим бағдарлары ҳәм тәлим түрлери бойынша улыўма етип белгилеў усыныс етилмекте.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1