ЖООларының профессор-оқытыўшылары қанша мийнет ҳақы алады?
Кейинги жылларда жасларды жоқары билимлендириў менен қамтыўды көбейтиў мақсетинде жоқары оқыў орынларына қабыллаў көрсеткишлери кескин түрде асырылды, көплеген жаңа жоқары оқыў орынлары шөлкемлестирилди. Әлбетте, өз орнында бул жоқары оқыў орынларының педагог кадрларға болған мүтәжлигиниң артыўына алып келди. Соған көре, ғалаба хабар қуралларында жоқары оқыў орынларының тийисли лаўазымларына профессор-оқытыўшыларды жумысқа мирәт етиў бойынша дағазалар берип барылмақта. Бирақ, оларға белгиленген ис ҳақы туўрысында дерлик көпшиликте толық мағлыўмат болмаса керек. Сол себепли итибарыңызға жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылар қурамының мийнетине ҳақы төлеў бойынша базалық лаўазым айлық ис ҳақылары туўрысындағы мағлыўматты усынамыз. Төменде лаўазымлардың аты ҳәм базалық лаўазым ис ҳақыларының муғдарлары менен танысыўыңыз мүмкин.
1.Кафедра баслығы:
Илим докторы ямаса илим докторы (Doctor of Science ) илимий дәрежесине ийе ямаса сырт ел мәмлекетлериниң оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине ямаса профессор илмий атағына ийе болған —7.535.154;
илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки сырт ел мәмлекетлериниң оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине яки доцент илимий атағына ийе болған—7.069.062;
илимий дәреже яки илимий атаққа ийе болмаған—6.233.981.
2.Профессор:
Илим докторы ямаса илим докторы (Doctor of Science ) илимий дәрежесине ийе ямаса сырт ел мәмлекетлериниң оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине ҳәм профессор илмий атағына ийе болған—7.185.585;
илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки сырт ел мәмлекетлериниң оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине ҳәм доцент илимий атағына ийе болған—6.758.334;
Илим докторы ямаса илим докторы (Doctor of Science ) илимий дәрежесине ийе ямаса сырт ел мәмлекетлериниң оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине яки профессор илмий атағына ийе болған—6.447.606.
3.Доцент:
Илим докторы ямаса илим докторы (Doctor of Science ) илимий дәрежесине ийе ямаса сырт ел мәмлекетлериниң оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине яки профессор илмий атағына ийе болған—6.078.617;
илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки сырт ел мәмлекетлериниң оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине яки доцент илимий атағына ийе болған—5.690.207;
илимий дәреже яки илимий атаққа ийе болмаған—5.088.171.
4.Үлкен оқытыўшы:
Илимий дәрежеге ҳәм илимий атаққа ийе болған—5.301.797;
Илимий дәрежеге яки илимий атаққа ийе болған—4.991.069;
илимий атаққа яки илимий дәрежеге ийе болмаған—4.563.818.
5.Ассистент, оқытыўшы:
Илимий дәрежеге ҳәм илимий атаққа ийе болған—4.680.341;
Илимий дәрежеге яки илимий атаққа ийе болған—4.369.613;
илимий атаққа яки илимий дәрежеге ийе болмаған—4.058.885.
6.Оқытыўшы-стажёр—3.592.793.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1