Жүзлеген әскерий усыныснама қәлбеки болып шықты (ма)?
2020/2021-оқыў жылы ушын өткерилген тест сынақлары даўамында өткерилген тексериўлерде қанша қәлбеки әскерий усыныснама анықланғанлығын билесиз бе? Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы директоры орынбасары Сардор Ражабов мәлим етти. Демек, санларға мүрәжат ететуғын болсақ тексериўлер даўамында 300 ден аслам қәлбеки әскерий усыныснамалар анықланған. Әскерий бөлим командирлиги усыныснамасына ийе болған жәми 13107 абитуриенттиң 1828 абитуриенти қайта тексериўден өткерилди. Оның нәтийжелерине көре, 1828 абитуриенттен 1516сы усыныснамаға ийе екенлиги, 172си мобилизациялық шақырыў резервинде хызмет еткени, 85си хызметти өтемегенлиги ҳәм 55си мүддетли әскерий хызметти өтеген болсада, усыныснамаға ийе емес екенлиги анықланды. Тест нәтийжелери анализ етилгенинде, 1615 абитуриенттен 128 абитуриент мәмлекетлик грант тийкарында, 478 абитуриент болса төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1