Тәлим-тәрбия системасы: раўажланыўдың жаңа басқышы додаланды
Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын жетилистириў, илим-пән тараўы раўажланыўын жеделлестириў мәселелери додалаўы бойынша видеоселектор жыйналысы болып өтти.
–Бүгин көрип шығылған мәселелер ҳәммеден, мектеп директорынан баслап Бас министрге шекем болған барлық буўындағы басшылардан жоқары дәрежедеги жуўапкершиликти талап етеди. Бул–жыллар даўамында көринбейтуғын, бирақ нәтийжеси жақын 10-15 жылда пүткил мәмлекет көринисин түптен өзгертиўге тийкар болатуғын қүдиретли дерек, -деди Президент.
Жоқары билимлендириў тараўында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм қамтыўды кеңейтиў, ҳәр бир аймақта кеминде бир мәмлекетлик емес жоқары оқыў орнын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги айтып өтилди.
Парламент ўәкиллери, сондай-ақ жергиликли Кеңес депутатларынан тәлим системасындағы өзгерислерди халқымызға жеткерип, тийислилик сезимин арттырыў, пәрман қабыл етилгеннен соң, орынланыўын бақлаў, өз тәжирийбелери менен әмелий жәрдем бериў соралды.
Жыйналыста ҳәкимлер, жоқары оқыў орынларының ректорлары, мектеп директорлары, педагоглар тәлим-тәрбия сапасын арттырыўға тийисли пикир ҳәм усынысларын билдирди.


Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1