Аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежеси дипломы тапсырылды
Бир илимди пуқта ийелеў де үлкен бир ағла пазыйлет саналады. Қалаберсе, жәмийеттиң раўажланыўында илимниң әҳмийети оғада гиреўли. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында мине усындай ағла пазыйлетке ийе болған оқытыўшыларымыздың саны көбейип атыр. Атап айтқанда, Уримбетов Ахмет Абдиразакович усы жылы шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыў технологиясы қәнигелиги бойынша «Арқа-батыс Қызылқум шараятында қарақалпақ қамары қаракөл қойларының этологикалық қәсийетлери» темасында аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын табыслы жақлады. Филиал директоры Адилбай Есимбетов салтанатлы түрде А.Уримбетовқа аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежели дипломын тапсырды. Усы орында, өзиниң ҳәм филиал жәмәәтиниң барлық профессор-оқытыўшыларының атынан қызғын қутлықлап, алдағы ўақытта жумысларында тасқын табыслар тиледи. Ветеринария тараўында жетик ҳәм терең билимге ийе кадрларды таярлаўда илимий искерликке ҳәм тәжирийбеге ийе профессор-оқытыўшылардың орны жүдә әҳмийетли. Филиалда илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлердиң саны артып барыўы студентлердиң жақсы билим алыўына еледе кең имканиятларды жаратады.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1