Күн темасы: Дәстүрий оқыў қашан басланады?
Ҳәзирде социаллық тармақларда жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў қашан басланыўы күн темасына айланды. Хош, бул бойынша Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Мәлимлеме хызмети қай тәризде анықлық киргизеди:
«Оқыўды қайсы түрде баслаў бойынша өткерилген сораўнама өз жуўмағына жетти ҳәм бул бойынша соңғы қарар жақын күнлерде жәрияланады. Жоқары оқыў орынларында 2-ноябрьден дәстүрий оқыў басланыўы бойынша тарқалып атырған хабарлар ҳеш қандай рәсмий тийкарға ийе емес. Ҳәзир қәлеген адам Telegram мессенжеринде канал ашып, оны ғалабаластырыў ушын усы мазмундағы дерексиз хабарларды жәриялап атыр. Қандай қарар қабыл етилсе де, студентлерге таярлық ушын белгили ўақыт бериледи».
Ҳәзирги пандемия шараятында жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыўды баслаў ушын аңсатлық пенен қарар қабыл етип болмайтуғынлығы да билдирилмекте. Буның ушын ҳәр тәреплеме пуқта ойлап, оқыў орынларындағы жағдайды үйренип соң бир жуўмаққа келген мақул болса керек. Жоқары билимлендириў тараўын мектепке шекемги билимлендириў ямаса улыўма орта билимлендириў системасы менен салыстырып болмайтуғынлығы, бизде жағдай бираз қәўиплирек екенлиги де айтылмақта. Әлбетте, көплеген студентлер дәстүрий оқыўды қумсап, сағыныш сезиминде тез күнлерде оқыў басланыўының тәрепдары болып отыр, деген менен ҳәзирги жағдайды инабатқа алып онлайн тәризде даўам етиўин мақул көрип отырғанларда аз емес. Қулласы, биз бул бойынша бир нәрсе деп пикир билдириўден жырақпыз. Рәсмий хабар министрлик тәрепинен жәрияланады. Усы орында студентлер ҳәм олардың ата-анасынан ҳәр түрли рәсмий тийкарға ийе емес хабарларға емес рәсмий түрде тастыйықланған хабарға исениўлерин сорап қалған болар едик. Дәстүрий оқыў басланыўы ҳаққында хабар берилсе, әлбетте, сайтымыз ҳәм телеграм каналымыз арқалы жәриялаймыз.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1