ЖООларына илимий дәрежелерди ғәрезсиз түрде бериў ўәкиллиги бериледи
Жоқары билимлендириў шөлкемлериниң миллий рейтингинде күшли 10 лыққа кирген жоқары оқыў орынларына илимий дәрежелерди еркин түрде бериў ўәкиллиги бериледи– Президент пәрманы жойбары.
Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде "Мәмлекетимиз тәлим-тәрбия системасын еледе жетилистириў, илим-пән тараўының раўажланыўын жеделлестириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында"ғы Президент Пәрманы жойбары жүзесинен баспасөз анжуманы болып өтти. Онда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри орынбасары Узоқбой Бегимқулов қатнасты. Министр орынбасары ҳүжжетте жоқары билимлендириў шөлкемлериниң миллий рейтингинде биринши 10 орыннан бирин ийелеген жоқары билимлендириў шөлкемине бар болған қәнигеликлер бойынша илимий дәрежелерди ғәрезсиз түрде бериў ўәкиллиги берилиўин режелестирилип атырғанлығын айтып өтти.
Билдирилиўинше, усы сыяқлы еркинликлер ҳәм хошаметлеўлер жоқары билимлендириў системасында саламат бәсеки орталығын еледе раўажландырады. Өзин көрсеткен ҳәмде искерлигиниң нәтийжеси жоқары болған жоқары оқыў орынлары ушын кең имканиятлар ашылады.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1