Президент тапсырмасы тийкарында филиалға лаборатория алып келинеди
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың усы жылы 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәризде өткерилген 73-мәжилис протоколының 43-бәнтине муўапық Қарақалпақстан Республикасында ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында ҳәр тәреплеме жетик кадрларды таярлаў системасын еледе беккемлеў, оқыў процесинде лаборатория әсбаб-үскенелеринен мақсетли пайдаланыўды шөлкемлестириў мақсетинде, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳан тиллери университети жанындағы Хожели көп тармақлы техникумы ҳәмде Суў хожалығы министрлигине қараслы Беруний суў хожалығы ҳәм мелиорациясы колледжине тийисли ветеринария ҳәм зооинженерия тараўына тийисли оқыў лаборатория буйымлары, әсбаб-үскенелери ҳәм оқыў әдебиятларын Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының балансына өткерилиўин тәмийинлеў ўазыйпасы берилди.
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы ҳәкимшилиги тәрепинен, оқыў процесинде лабораториялық әсбаб-үскенелерден мақсетли пайдаланыўды шөлкемлестириў ушын, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳан тиллери университети жанындағы Хожели көп тармақлы техникумы директоры И.Матчановқа ҳәм Суў хожалығы министрлигине қараслы Беруний суў хожалығы ҳәм мелиорациясы колледжи директоры М.Қодировқа хат жиберилди. Хат мазмунында ветеринария ҳәм шарўашылық тараўына тийисли лабораториялық әсбаб-үскенелерди Нөкис филиалының балансына өткерилиўинде әмелий жәрдем көрсетиў соралды.
Соның менен бирге 92-бәнт бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети 2020-жылдың ақырына шекем Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы жанындағы Нөкис ветеринария техникумы студентлериниң әмелий билим ҳәм көнликпелерин беккемлеп барыў мақсетинде Нөкис ҳәм Бозатаў районларынан шарўа ҳәм интенсив усылда балық жетистиретуғын оқыў тәжирийбе базаларын шөлкемлестириў ушын жер майданы ҳәм бина-иншаатлар ажыратыў илажларын көриў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Районларда оқыў тәжирийбе базаларының шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына ветеринария ҳәм зооинженерия тараўына тийисли оқыў лаборатория буйымлары, әсбаб-үскенелери ҳәм оқыў әдебиятларының алып келиниўи филиалда тәлим алып атырған студент жаслардың билим ҳәм әмелий көнликпелерин еледе беккемлеў ушын жақсы имканият жаратып береди. Мәмлекетимизде ветеринария ҳәм шарўашылық тараўын раўажландырыўға болған итибар, соның менен бирге бул тараўда жетик тәжирийбеге ийе кадрлар таярлаў ушын әмелге асырылып атырған әмелий ис-ҳәрекетлер әлбетте өзиниң унамлы нәтийжесин бериўи анық.

Филиал баспасөз хызмети скачать dle 12.1