Төлемли контрактти оқыў жылы даўамында төрт бөлип төлеў мүмкин
2020/2021-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынлары студентлерине төлемли контракт муғдарларын оқыў жылы даўамында тең еседе төрт бөлип төлеў имканияты берилди.
2020/2021-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында тәлим алып атырған студентлер оқыў ушын төлемлерди тең еседе төрт бөлип, төмендеги мүддетлерде әмелге асырыўлары мүмкин.
Атап айтқанда:
➖белгиленген төлем муғдарының кеминде 25 процентин студентликке усыныс етилген абитуриентлер ушын 15-сентябрьге дейин ямаса Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленген мүддетке шекем ҳәмде екинши ҳәм оннан кейинги курс студентлери ушын 1-октябрьге дейин ямаса жоқары оқыў орнының ректоры (филиал директоры) тәрепинен узайтылған мүддетке дейин;
➖белгиленген төлем муғдарының кеминде 50 процентин 1-январь сәнесине шекем, 75 проценти 1-апрельге шекем ҳәм 100 проценти 1-июльге дейин ямаса жоқары оқыў орнының ректоры (филиал директоры) тәрепинен узайтылған мүддетке дейин;
➖Сырт ел пуқаралары ушын жоқары оқыў орны ректоры (филиал директоры) тәрепинен белгиленген мүддетлерге шекем;
➖дифференциалластырылған төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлерге оқыў жылының биринши ярымы ушын төлемди әмелге асырыў мүддети ҳәм муғдарлары Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен ҳәм қалған бөлеги жоқары оқыў орнының ректоры (филиал директоры) тәрепинен белгиленген мүддетлерге шекем әмелге асырылады.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1