Филиалда тил байрамына бағышланған онлайн илаж өткерилди
Бәршемизге белгили, бүгин 21-октябрь—өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн. Усы байрам мүнәсибети менен Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис Филиалында «Қәдириң бәлент болсын ана тилим!» атамасында онлайн илаж өткерилди. Zoom платформасы арқалы өткерилген тил байрамына филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студент жаслар қатнасты.
Илажды оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ашып берди ҳәм байрам менен ҳәммени қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирип өтти. Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти А.Сейткамалов илажды алып барды.
Усы жылы “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилип, өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 31 жыл толды. Илаж даўамында усы Нызамның мазмуны ҳаққында айрықша тоқталып өтилди. Соның менен бирге филиал студентлери тәрепинен ана тилимиз туўралы шайырларымыз дөреткен қосықлар айтылды. Усы тәризде филиалда шөлкемлестирилген тил байрамына бағышланған онлайн байрам илажы жоқары кейпиятта болып өтти.




Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1