Енди жыл даўамында тестлер өткерилиўи мүмкин
Мәмлекетимизде жоқары оқыў орынларына кириў имтиханлары ҳәр жылы август айында өткерилип келмекте (усы жылы пандемия себепли сентябрь айында өткерилди). Хабарларға көре, енди кириў имтиханларының бир ўақытқа сәйкес келип қалмаўы ушын жыл даўамында тестлер өткериледи.
Мәмлекетлик тест орайы ҳәр бир аймақта Мәмлекетлик тест орайының имараты қурылыўын билдирди. Бул имаратларда жыл даўамында тестлер өткериледи, түрли пәнлерден сертификатлар бериледи. Бул сертификатлар менен абитуриентлер кириў имтиханларында қатнасыўы мүмкин болады.
Мектепти питкериў имтиханы менен жоқары оқыў орнына кириў имтиханын унификация қылыў бойынша қарардың жойбары да ислеп шығылмақта. Егер ол әмелге асқан жағдайда, қәлеўшилер жыл бойы сертификат ушын имтихан тапсырып, сертификатқа ийе болыўы, питкериўшилер болса жуўмақлаўшы имтиханнан керекли нәтийжеге ийе болып, усы нәтийже менен кириў имтиханларында қатнасыўы мүмкин. Булар әмелге асыўы менен тест процеси бир ўақытқа сәйкес келмейди, имтиханлар узақ ўақытқа созылмайды.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1