Бүгин колледж ҳәм техникумларға ҳүжжет тапсырыўдың ақырғы күни
Есиңизде болса, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң хабарына таянып, сайтымыз арқалы колледж ҳәм техникумларға ҳүжжет тапсырыўдың мүддети узайтылғанлығы ҳаққында мәлим еткен едик. Хабарда көп санлы ата-аналар, жаслар, соның менен бирге усы жылда жоқары оқыў орынларына кириў ушын жетерли балл топлай алмаған абитуриентлердиң колледж ҳәм техникумларда тәлим алыў имканиятын жаратыў мақсетинде абитуриентлерден ҳүжжетлерди онлайн қабыллаў мүддети 2020-жыл 20-октябрьге (сол күни де) дейин узайтылғанлығы билдирилген еди.
Еслетип өтемиз, бүгин колледж ҳәм техникумларға ҳүжжет тапсырыўдың ақырғы күни. Онлайн дизимнен өтиў ушын электрон платформалар: http://www.kollej.edu.uz, http://www.texnikum.edu.uz
Мағлыўмат ушын, ҳүжжетлерди онлайн қабыллаў 7-октябрден басланған еди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1