SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер ҳәм олардың ата-аналары ортасында социаллық сораўнама өткерилмекте. » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Студентлер ҳәм олардың ата-аналары ортасында социаллық сораўнама өткерилмекте.
Студентлер ҳәм олардың ата-аналары ортасында социаллық сораўнама өткерилмекте.
Ҳүрметли студент! Ҳүрметли ата-ана! Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң басламасы менен жоқары оқыў орынларында оқыў процесин дәстүрий түрде ямаса аралықтан даўам еттириў мақсетинде студентлер ҳәм олардың ата-аналары ортасында социаллық сораўнама өткерилмекте. Сизиң сораўларға объектив жуўап бериўиңиз оқыў процессин дәстүрий ямаса онлайн түрде даўам еттириў мәселесине айдынлық киргизиўде жәрдем береди. Сораўнама аноним тәризде өткериледи, онда респонденттиң аты ҳәм фамилиясы көрсетилмейди. Сораўнама усы жылдың 20-октябрь күни саат 23:59 ға дейин өткериледи. Сизден бул сораўнамада белсенди қатнасыўыңызды сорап қаламыз. Сизге сораўнамада қатнасқанлығыңыз ушын алдыннан миннетдаршылық билдиремиз. Сораўнамаға өтиў ушын төмендеги силтемени басың! https://docs.google.com/forms/d/e/1FAIpQLSchsUMH_qyoTZVaJlFKbgU6txA6arEXVFvWWGxjmyioqSmWEg/viewform \