Филиалда ҳаял-қызлардың турмыстағы орны атамасында онлайн илаж өткерилди
Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы тутқан орны оғада әҳмийетли болып, олардың абырайын еледе арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы орында Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында “zoom” онлайн платформасы арқалы «Ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы орны» атамасында илаж шөлкемлестирилди. Оған «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйыны баслығының биринши орынбасары Н.Сатуллаева, Мәлимлеме ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-қызлар қатнасты. Онлайн илажды филиал Ҳаял-қызлар комитети шөлкеми баслығы Г.Ешмуратова алып барды. Студент қызларға кейинги жылларда елимизде ҳаял-қызлардың жәмийеттеги абырайын арттырыў ҳәм оларды руўхый жақтан қоллап-қуўатлаўға қаратылған ҳәр түрли илажлардың әмелге асырылып атырғанлығы ҳаққында кең түрде түсиник берилди. Келешекте жәмийеттеги белсенди, жетик саўатлы ҳәм заманагөй ҳаял-қызлардың қатарында болыўға ҳәзирден баслап ҳәрекет етиў керек екенлиги атап өтилди. Тема бойынша филиал студент қызлардың да пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Онлайн тәризде өткерилген илаж даўамында Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 2-курс студенти А.Досекеева тәрепинен дуўтар менен жанлы ҳаўазда қосық атқарып берилгенлиги барлық қатнасыўшыларға әжайип кейпият бағышлады.


Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1