Енди мен студентпен!
Усы жылда мен ең үлкен мақсетлеримнен бирине еристим. Тест сынақларынан табыслы өтип Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына грант тийкарында оқыўға қабыл етилдим. Енди мен студентпен! Кеўлимнен кешип атырған мақтаныш ҳәм күшли бир толқынланыўды сөз бенен жеткерип бериў қыйын. Кириў имтиханларына таярланып жүрген ўақытларымда, алдымдағы үлкен жуўапкершиликти терең сезинген ҳалда бар күш-ғайратымды иске салып билимлеримди беккемлеўге ҳәрекет қылдым. Шүкирлер болсын, нийетим әмелге асты. Әлбетте бунда мәмлекетимизде тест сынақларының ашық-айдын ҳәм әдалатлы тәризде өтиўи тәмийинленгенлиги айрықша әҳмийет қурайды. Әсиресе, елимиздеги пандемия дәўиринде абитуриентлер ушын ҳәр тәреплеме қолайлық жаратыў мақсетинде ҳүжжетлерди онлайн тәризде тапсырыў жолға қойылды. Cоның менен бирге тест сынақларында карантин қағыйдаларын инабатқа алған ҳалда абитуриент жаслар ушын барлық шәрт-шараятлар жаратылды. Ата-анам ҳәм устазларымның маған билдирген исенимин ақлап, бириншилер қатарында студентлик бахтына мияссар болғанымнан жүдә қуўандым. Маған билим берген устазларыма терең миннетдаршылығымды билдиремен. Ең жоқары балл топлағаным ушын оларда мениң менен мақтаныш етиўин билдирди. Өмиримде жаңа бир әжайип дәўир басланбақта. Қәлбимде еледе үлкен арзыў ҳәм мақсетлер оянды. Алдағы ўақытта билимлерди терең өзлестирип, филиалдағы белсенди студентлер қатарында болыўға тырысаман. Ветеринария тараўы бойынша жетик қәниге болыў ушын бар күш-ғайратым менен ҳәрекет қыламан. Мәмлекетимизде биз жаслардың сапалы ҳәм заманагөй тәлим алыўымыз ушын жаратылып атырған кең имканиятлардың гүўасы болып турып, билим алыўға деген интамыз еледе аса береди. Танысыў сабақлары процесинде Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалындағы шәрт-шараятлар менен жақыннан танысып, жүдә қуўандым. Профессор-оқытыўшылар биз студентлерди қушақ ашып күтип алды. Олардың әлпайым қатнасы, бизге көрсеткен итибары қәлбимиздеги ҳүрмет ҳәм меҳир сезимлерин еледе асырды. Студентлик дәўиримниң гирбиңсиз демлерин бийкарға өткермеўге ҳәрекет қыламан. Мен сыяқлы студентлик бахтына мияссар болған теңлеслеримди шын кеўилден қутлықлайман ҳәм оқыўларында табыслар тилеймен!
Мырзамурат Бийимбетов
СамВМИ Нөкис филиалы студенти
скачать dle 12.1