Филиалда дәстүрий оқыў даўам етпекте
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында 1-курс студентлер ушын дәстүрий оқыў даўам етпекте. Танысыў сабақлары даўамында студентлер филиалдағы оқыў процеси ҳәм профессор-оқытыўшылар менен жақыннан таныстырып өтилди. Енди ҳәр бир топар ушын өзлериниң қәнигеликлери бойынша сабақлар өтилмекте. Бүгин Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 1-курс студентлерине «ҳайўанлар анатомиясы» пәнинен биринши сабақ өтилди. Пән оқытыўшысы Ш.Отегенова дәслеп бул пәнниң мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түсиник берди. Сабақ даўамында муляжлардан пайдаланған ҳалда соның менен бирге тема бойынша
слайд арқалы студентлерге жақсы түсиник берилди. Филиалдағы 1-курс студентлери ушын шөлкемлестирилген дәстүрий оқыў процесинде қәнигеликлери бойынша өтилетуғын тийисли пәнлерден усы тәризде дәслепки көнликпелер қәлиплестирилмекте. Ҳайўанлар анатомиясы пәнинен шөлкемлестирилген сабақ студентлер ушын қызықлы тәризде болып өтти.
скачать dle 12.1