Оқыўын көшириў ушын онлайн тест сынақларында қатнаса алмаған пуқаралар дыққатына!
2020/2021-оқыў жылында жоқары оқыў орнынан Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларына оқыўын көшириў ушын дизимнен өткен бирақ айрым себеплерге көре онлайн тест сынақларында қатнаса алмаған пуқаралар дыққатына!
2020/2021-оқыў жылына сырт ел жоқары оқыў орынларынан оқыўды көшириў бойынша усы жылдың 5-6-сентябрь күнлери өткерилген онлайн тест сынақларында қатнаса алмаған пуқаралар ушын 2020-жыл 14-15-октябрь күнлери онлайн тест сынақлары өткериледи. Онлайн тест сынақлары өткерилетуғын мәнзил ҳәм анық ўақты онлайн тест сынақларында қатнасыў ушын берилетуғын “рухсатнама”да көрсетиледи. Усы жылдың 5-6-сентябрь күнлери өткерилген онлайн тест сынақларында қатнаса алмаған пуқаралар “рухсатнама”ларды усы жылдың 11-октябрь күни саат 12:00 ден баслап өзлериниң жеке кабинетлери арқалы жүклеп алыўлары мүмкин. Тест сынақларында қатнасатуғын пуқаралардан онлайн тест сынақларында қатнасыў ушын белгиленген орынларға өз ўақтында пуқаралық паспорты (түп нусқасы) ҳәмде жеке кабинетине жиберилген рухсатнама менен келиўи талап етиледи.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1