СамВМИ Нөкис филиалы 1-курс студентлерди күтип алды
Бүгин Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында студентликке усыныс етилген абитуриентлер—1-курс студентлери ушын танысыў сабақлары шөлкемлестирилди. Гирбиңсиз сезимлер менен жоқары оқыў орнына өзлериниң ең дәслепки қәдемин қойып атырған студентлерди филиал директоры Адилбай Есимбетов күтип алды. Биринши нәўбетте оларды студентлик бахтына мияссар болғанлығы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерди билдирип өтти ҳәм баслап атырған оқыўларында табыслар тиледи.
Филиалда танысыў сабақларын шөлкемлестириўде карантин қағыйдаларына қатаң түрде әмел етиў инабатқа алынды. Атап айтқанда, институтқа киргизилип атырған студентлердиң дене температурасы өлшенип, антисептикалық қураллар менен дезинфекция қылынды. Буннан соң студентлер аудиторияларға киргизилип, профессор-оқытыўшылар тәрепинен филиал искерлиги ҳәм онда жолға қойылған аралықтан оқытыў системасы ҳаққында мағлыўматларға ийе болды. Тәлим алыў процесинде зәрүр болатуғын әдебиятлардың дизими толық түрде айтып өтилди. Мине усы тәризде танысыў ҳәптелиги даўамында студентликке қабыл етилген абитуриентлер ушын онлайн тәлим алыў көнликпеси қәлиплестириледи. Биринши курс студентлери бүгинги шөлкемлестирилген танысыў сабақлары арқалы оқыў процесине тийисли болған барлық мағлыўматларға ийе болды. Студент жаслардың институт имаратында өткен дәслепки күни заўықлы тәризде болып өтти деп үмит етемиз.



Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1