Филиалда 1-курс студентлер ушын дәстүрий сабақлар шөлкемлестирилди
Бәршемизге белгили, бүгин 12-октябрден баслап барлық жоқары оқыў орынларының студентликке усыныс етилген абитуриентлери, яғный 1-курс студентлери ушын танысыў сабақлары басланды. Усы орында Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында бүгиннен баслап 1-курс студентлер ушын танысыў сабақлары шөлкемлестирилди. Филиалдағы сабақ процеслеринде карантин қағыйдаларына қатаң түрде әмел етилмекте. Ҳәр бир аудиторияда студентлер аралықты сақлаған ҳалда ҳәм медициналық нықапта танысыў сабақлары өтилип атыр. Сабақлар арасында студентлерге 10 минутлық тәнепис берилмекте. Дәстүрий сабақлар процеси менен толық түрде сайтымыз арқалы танысыўыңыз мүмкин.
скачать dle 12.1