SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Колледж ҳәм техникумларға ҳүжжетлерди қабыллаў мүддети узайтылды ма? » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SamDVUNF » Жаналықлар » Колледж ҳәм техникумларға ҳүжжетлерди қабыллаў мүддети узайтылды ма?
Колледж ҳәм техникумларға ҳүжжетлерди қабыллаў мүддети узайтылды ма?
Колледж ҳәм техникумларға абитуриентлерден ҳүжжетлерди онлайн қабыллаў мүддети 2020-жыл 20-октябрьге (сол күни де) дейин узайтылды. Қабыллаў мүддетиниң узайтылыўынан мақсет көплеген ата-аналар, жаслар ҳәмде усы жылда жоқары оқыў орынларына кириў ушын жетерли балл топлай алмай қалған абитуриентлерге колледж ҳәм техникумларда тәлим алыў имканиятын жаратыўдан ибарат. Абитуриентлердиң ҳүжжетлерин қабыллаў онлайн тәризде колледжлерге www.kollej.edu.uz ҳәм техникумларға www.texnikum.edu.uz электрон платформалары арқалы әмелге асырылады. Колледж ҳәм техникумларға электрон платформа арқалы төмендеги ҳүжжетлер қабыл етиледи: 1 .Электрон тәризде арза;2 .Паспорт (электрон) нусқасы;3. Улыўма билим бериў мектебиниң 11-классты тамамлағанлығын тастыйықлаўшы аттестат (электрон) нусқасы ямаса орта арнаўлы кәсип-өнер билимлендириў мәкемесин питкергенлиги ҳаққындағы диплом (электрон) нусқасы;4 .3x4 фотосүўрет. Қосымша мағлыўмат, бул жерде юридикалық техникумлар нәзерде тутылмаған.Зийўар Хожамуратова скачать dle 12.1