1-курс студентлер ушын танысыў сабақлары басланады
Студентликке усыныс етилген абитуриентлер—1-курс студентлерине 12-октябрден басланатуғын жоқары оқыў орынларындағы танысыў сабақлары ҳаққында қосымша мағлыўматлар.
12-октябрь, дүйшемби күнинен баслап, студентликке усыныс етилген абитуриентлер яғный 1-курс студентлери ушын жоқары оқыў орынларында 3 күннен еки ҳәптеге дейин танысыў сабақлары шөлкемлестирилмекте. Дәстүрий тәлим түринде басланып атырған бул сабақ процеслери әлбетте, карантин қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда, аудиториялардың 50 процентинен көп бөлегине студентлерди киргизбестен алып барылады. Сабақлар күнине 2 жуплықтан артық болмайды. Бул жуплықлардың арасында 10 минутлық тәнепис бериледи.
Бул ўақыт аралығында (танысыў сабақлары нәзерде тутылған) студентлер турақ жайларына студентлер жайластырылмайды ҳәм Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген ўәлаятлардағы абитуриентлер ушын өзиниң аймағындағы жоқары оқыў орнында танысыў сабақлары шөлкемлестириледи ҳәм Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынларынан профессор-оқытыўшылар сол жерге барады.
Танысыў сабақлары тәлим түрине (күндизги, сыртқы ҳам кешки) қарамастан студентликке усыныс етилген барлық абитуриентлер—1-курс студентлер ушын шөлкемлестириледи. Танысыў сабақларында 1-курс студентлери сабақ кестеси, сабақ беретуғын оқытыўшы ҳәм профессорлар менен таныстырылады. Керекли сабақлықлар ҳәм пайдаланылатуғын әдебиятлар ҳаққында мағлыўмат бериледи.
12-октябрь сәнесинен басланатуғын танысыў сабақлары арқалы 1-курс студентлерине аралықтан (онлайн) тәлим алыў көнликпеси қәлиплестириледи. Соның менен бирге, төлемли-контрактти әмелге асырыў ушын шәртнама усыныс етиледи ҳәм шәртлери түсиндириледи. Танысыў сабақлары жуўмақланғаннан кейин 1-курс студентлери де басқа курс студентлери сыяқлы оқыўды аралықтан (онлайн) даўам еттиреди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1