Ең дурыс таңлаў
Коронавирус пандемиясы себепли дүнья жүзинде тәлим системасы өзгерди. Республикамыздың билимлендириў мәкемелеринде де студентлер ҳәм оқыўшылардың қәўипсизлиги ушын онлайн тәлим формасы енгизилди. Биз студентлер бүгинге келип тәлимниң бул түрине ийкемлесип алдық. Басында әлбетте аңсат болған жоқ. Себеби, бизлерде аралықтан оқыў бойынша түсиник болғаны менен әмелиятта өзимизде сынақтан өткерип көрген жоқ едик. Филиалымыздың профессор-оқытыўшылары ҳәр биримизге бул бағдарда жол-жоба көрсетип, көп нәрселерди үйретти. Таза оқыў жылы онлайн тәризде басланғанлығы жеке өзимди қәўетерге қоймады. Енди, биз студентлерде жетерли тәжирийбе ҳәм көнликпе бар. Филиал веб-сайтында Moodle системасының жаңа версиясы жаратылды. Бизлердиң аралықтан турып сапалы тәлим алыўымыз ушын барлық имканиятларды жаратыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслардың гүўасы болып турып-ақ, онлайн тәлимди қунт пенен өзлестириўге ҳәрекет қыламыз. Ҳәзирги күнде елимиздеги өзимниң теңлес студент досларым аралықтан турып тәлим алып атыр. Бундай заманагөй билимлендириўдиң енгизилиўи әлбетте өзиниң жақсы нәтийжесин береди деп исенемен. Устазларымызды, группалас досларымызды сағынған болсамда, тәлимниң бул формасы елимиздеги ҳәзирги эпидемиологиялық жағдайда ең дурыс таңлаў деп ойлайман. Онлайн тәлимниң унамлы тәреплеринен бири ўақтымыздың тежелиўи екен. Биз студентлер енди аралықтан оқыўдан бос ўақытларымызда көбирек китап оқыў ҳәм теориялық билимимизди әмелият пенен беккемлеп барыўымыз ушын биймәлел ўақыт ажырата аламыз. Мәселен, өзимнен келип шығып айтатуғын болсам, балықшылық қәнигелигинде тәлим алып атырғанлығым ушын үй шараятында өзим аквариумде балықларды пәрўаришлеп атырман. Оқытыўшылардан телефон арқалы мәслаҳатлер алып тураман. Соның менен бирге қәнигелигим бойынша керекли мағлыўматлар менен интернет арқалы танысып бараман. Улыўмаластырып айтқанда, филиалымызда аралықтан оқытыў системасы жақсы жолға қойылған. Профессор-оқытыўшыларымыз ҳәр тәреплеме профессионал жантасыўға ҳәрекет қылмақта. Бул барысында филиал студентлериниң де пикир ҳәм усыныслары инабатқа алынып атырғанлығы бизлерди онлайн тәлим алыўда белсенди қатнасыўға ҳәм жуўапкершилик пенен қараўға шақырады. Ең баслы мақсет тәлим алыў процесинен үзилип қалмаў. Студент жаслар өзлери тәлим алып атырған жоқары оқыў орынларындағы оқытыўшылардың тапсырмаларын өз ўақтында орынлап барса ҳәм онлайн тәлим алыўда өзлериниң белсендилигин көрсетсе мақсетке муўапық болады деп ойлайман. Таза оқыў жылы менен устазларымызды ҳәм студент досларымызды қутлықлап қаламан! Бәршеңизге жаңа табыслар тилеймен!
Халмуратова Азиза
СамВМИ Нөкис филиалының
Зооинженерия: Балықшылық
қәнигелигиниң 2-курс студенти
скачать dle 12.1