SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Таяныш докторантураға талабанларды қабыллаўды дағазалаймыз! » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
Таяныш докторантураға талабанларды қабыллаўды дағазалаймыз!
Cамарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы 2021-жыл ушын төмендеги қәнигеликлер бойынша таяныш докторантураға талабанларды қабыллайтуғынын дағазалайды! Таяныш докторантураға(PhD): 1.16.00.04–Ветеринария фармокологиясы ҳәм токсикологиясы. Ветеринария санитариясы, экологиясы, зоогигиенасы ҳәм ветеринария-санитария экспертизасы; 1.03.00.06– Зоология (ветеринария пәнлери); 1.06.02.03 – Жеке зоотехния. Шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыў технологиясы;Талабанлар төмендеги ҳүжжетлерди усынады: -арза; -қысқаша биографиялық мағлыўмат; -паспорт; -мийнет дәптершесинен белгиленген тәртипте тастыйықланған көширме (жумыс ислеп атырғанлар ушын); -жоқары оқыў орны магистратурасы дипломы, жоқары мағлыўмат (қәнигелик бағдарлары бойынша) ҳаққындағы диплом нусқасы; - баспадан шыққан илимий ислер дизими, сондай-ақ олардың нусқалары; -Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик стипендиясы жеңимпазлары ушын тийисли ҳүжжет нусқасы. Ҳүжжетлер http://phd.mininnovation.uz/ силтемеси арқалы онлайн тәртипте де рәсмийлестирилиўи тийис. Ҳүжжетлер 2020-жылдың 15-октябрь сәнесине шекем қабылланады.Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы бос турған төмендеги лаўазым ушын таңлаў жәриялайды .Аға оқытыўшы лаўазымына: Биология қәнигелиги 1,0 штат бирлигине.Ассистент оқытыўшы лаўазымына: Ветеринария қәнигелиги 1,0 штат бирлигине. Аға оқытыўшы лаўазымына жоқары мағлыўматқа ийе болған (магистр дипломы) қаниге, илимий дәреже ҳәм илимий атаққа ийе болған (сондай-ақ тийисли қәнигелик бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерге) ҳәм бундай дәреже ҳәм атаққа ийе болмаған бирақ оқытыўшылық илим изертлеў ҳәм ислеп шығарыў ислери тәжрийбесине ийе болған пухаралар қатнасыўы мүмкин. Ассистент оқытыўшы лаўазымына тийисли қәнигелик бойынша илимий дәрежеси бар ямаса магистрлик жоқары мағлыўматқа ийе болған пухаралар (дипломы қәниге) қатнасыўы мүмкин. Таңлаўға қантасыўды қалеўшилер тәрепинен томендеги ҳүжжетлер тапсырылады: -Филиал директоры атына арза -Кадрларды есапқа алыў бойынша жеке ис қағазы (автобиографиясы менен) -Дипломларының тастыйықланған нусхалары -Илимий жумыслар дизими (форма 3.4) -Мийнет дәптершесинен көширме -Паспорт нусха -Обьективка (жақын карындаслары менен) -Қәнийгелигин жетилистиргенлиги ҳаққындағы гуўаҳнама ксерокопиясы тапсырылады. -Ашық сабақ өтгенлиги хаққында баяннама (Оқыў ҳәм тарбия ислери бойынша директор орынбасары тастыйықланған) Арзалар газетада дағаза жарияланған күннен баслап бир ай мүддет ишин де қабыл етиледи. Таңлаў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматларды Самарқанд ветеринария медецинасы институты Нөкис филиалы Кеңесинен билиўиңизге болады.Мәкан жайымыз: Нөкис қаласы А.Утепов көшеси 31-жай. Қосымша мағлыўматлар бойынша хабарласыў ушын телефонлар:(998 61) 224-74-80 (998 61) 224-73-03 скачать dle 12.1