Қосымша контракт ҳаққындағы айрым сораўларға жуўаплар
Қосымша контракт төлеми ҳәр жылы әмелге асырылады ма ямаса бир мәрте?
«Супер контракт» бир мәрте төленеди. 1-оқыў жылын тамамлағаннан соң кейинги жылларда ҳәмме қатары әпиўайы контрактти төлеп оқыйды.
Магистратурада қосымша қабыллаў барма?
Аўа бар, тек ғана магистратурада бакалаврға уқсап дифференциалластырылған қымбат контракт төленбейди, әпиўайы контракттиң баҳасы қанша болса, қосымша оқыўға қабыл етилген магистрларда сонша төлемди әмелге асырады.
Қосымша контрактти бөлип-бөлип төлеўге болады ма?
Өткен жылы супер-контрактти жыл даўамында екиге бөлип төлеў ямаса ҳәтте айларға бөлип төлеў имканияты жаратылған еди. Быйылғы жылы да берилип қалса керек.
Супер-контракт ушын тәлим кредитин алса болады ма?
Тилекке қарсы, яқ. Супер-контракт ушын тәлим кредитин бериў әмелдеги нызамшылықта белгиленбеген. Бирақ, банклер базар баҳаларында өзлериниң кредитлерин усыныўлары мүмкин.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1