SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиалда онлайн тәризде ашық сабақлар шөлкемлестирилмекте » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиалда онлайн тәризде ашық сабақлар шөлкемлестирилмекте
Филиалда онлайн тәризде ашық сабақлар шөлкемлестирилмекте
Ҳәзирги ўақытта елимиздеги жоқары оқыў орынларында аралықтан оқытыў системасы жолға қойылған болып, студентлер онлайн тәризде тәлим алып атыр. Атап айтқанда, Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында да “Zoom” онлайн платформасы арқалы вебинарлар ҳәм ашық сабақлар шөлкемлестирилмекте. Бүгинги күнде филиалда оқыў процесслериниң сапасын тәмийинлеў ушын барлық имканиятлар жаратылған. Соны айтып өтиў орынлы, екинши ҳәмде үшинши курс студентлерине профессор-оқытыўшылар тәрепинен қарамалшылық ҳәм оның халық хожалығындағы әҳмийети, қарамаллар классификациясы, биологиялық қәсийетлери ҳәм түрлери, буўаз ҳайўанларды ҳәр түрли кеселликлерге қарсы емлеў усыллары ҳәм оларды азықландырыў темалары бойынша ашық сабақлар шөлкемлестирилмекте. Соның менен бирге инглиз тили, оператив хирургия ҳәм топографиялық анатомия ҳәмде ҳайўанлардың клиникалық диагностикасы сыяқлы бир қатар пәнлерден усы тәризде ашық сабақлар өтилмекте.
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Баспа сөз хызмети