SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIАпелляциялық арзаларды қабыллаў қашан басланады? » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Нызамға көре (https://lex.uz/docs/-3646570#-3678961) тест сынақлары нәтийжесинен наразы болған абитуриентлер апелляция комиссиясына апелляциялық арзасын бериў ҳуқықына ийе. Тест сынақлары нәтийжесинен наразы болған абитуриентлер 27-сентябрден жеке кабинетлери (abitur.dtm.uz сайты) арқалы апелляциялық арзаны бериўи мүмкин. Апелляциялық арзаларды көрип шығыў апелляция комиссиясы тәрепинен 2020-жыл 28-сентябрден басланады. (http://lex.uz/docs/3646570#3678961) Апелляциялық арзаны берген абитуриентлерге оны көрип шығыў сәнеси ҳәм ўақты көрсетилген хабар бериледи. Абитуриент хабарда белгиленген ўақытта өзиниң паспорты ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен Мәмлекетлик тест орайына келиўи шәрт. (http://lex.uz/docs/3646570#3678961) Апелляциялық арзасы көрилип атырған абитуриентке оның жуўаплар бетиниң нусқасы, тест тапсырмалары надурыс бежерилген жуўаплар дизими ҳәм тест сынақларында абитуриентке инәм етилген тест сораўлары китабы бериледи. (http://lex.uz/docs/3646570#3678961) Усынылған ҳүжжетлер тийкарында абитуриент өзиниң ҳәр бир надурыс деп есаплаған тест тапсырмасына жуўапларын жазба тәризде баян етеди ҳәм қабыл етип алған барлық тест материаллары менен бирге апелляция комиссиясына усынылады. Апелляциялық арзасы комиссия тәрепинен тек абитуриент қатнасыўында, оның жазба жуўаплары тийкарында көрип шығылады. (http://lex.uz/docs/3646570#3678961) Абитуриенттиң жазба жуўаплары өз тастыйығын таўмаған болса, апелляциялық комиссиясы тест сынақлары нәтийжелерин өзгериссиз қалдырыў ҳәм апелляциялық арзаны қанаатландырыўды бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етеди. (http://lex.uz/docs/3646570#3678961) Абитуриент мүрәжат қылғанда оған апелляциялық арзасы бойынша қабыл етилген қарардан көширмеси бериледи. Абитуриент жуўаплар бетин, тест тапсырмалары китабы Мәмлекетлик тест орайына белгиленген тәртипте жеткизилмеген, жыртылған болса, сондай-ақ тест сынақларнан шетлетилген ямаса өзиниң жуўапларын жазба тәризде баян етпеген абитуриенттиң апелляциялық арзасы көрип шығылмайды. Апелляция комиссиясының қарары бойынша мағлыўмат Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл қылыў бойынша Мәмлекетлик комиссиясына апелляциялық арзаларды көрип шығыў толық жуўмақланғаннан соң, бес жумыс күни ишинде усынылады. Апелляция комиссиясының қарары Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен тастыйықланғаннан соң күшке киреди. Зийўар Хожамуратова