Өзбекстан илим-пәни аўыр жоғалтыўға ушырады.
Академик Жуманазар Базарбаевтың дүньядан кɵз жумыўы мүнǝсибети менен кеўил билдириў.
Өзбекстан илим-пәни аўыр жоғалтыўға ушырады.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, философия илимлериниң докторы, профессор, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасының профессоры Жуманазар Базарбаев бүгин, 25-сентябрь күни 87 жасында дүньядан өтти. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нɵкис филиалы жǝмǝǝти, профессор-оқытыўшылары ҳǝмде студент жаслары марҳумныӊ барлық жақынларына, ағайин-туўысқанлары ҳǝм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жǝмǝǝтине соның менен бирге пүткил халқымызға тереӊ қайғырыў менен кеўил билдиреди.
Марҳумныӊ ислеген ийгиликли ислери жаслар ушын үлги болып қалады. Бул әжайип инсанның яды қǝлбимизде мөрленип қалады. Академик Жуманазар Базарбаевты бүгин соңғы сапарға гүзетемиз!
Самарқанд ветеринария медицинасы
институты Нɵкис филиалы Баспа сөз хызмети
скачать dle 12.1