«Мен не ушын сүйемен Өзбекстанды» темасында шығармалар таңлаўы
Ўатанды сүйиў бесиктен басланады. Себеби бизлер бесикте жатып,аналарымыздың айтқан ҳәййиўин тыңлап-ақ, киндик қанымыз тамған ана ўатанымызды сүйиўди, муқаддес жеримизди қәдирлеўди, оны абайлап асыраўды санамызға сиңдиргенбиз. Ер жетип үлкейгеннен соң, Ўатан-бул инсан ҳәм оның әўладларына ата-бабалары мийрас етип қалдырған муқаддес жери екенлигин түсингенбиз. Ҳақыйқатында да, Ўатан ҳаққындағы усындай туйғыларды өзинде терең сезинген талаба-жасларымызда филиалымызда өткерилген «Мен не ушын сүйемен Өзбекстанды» темасында онлайн тәризде өткерилген таңлаўға өзлериниң туўған, өнип-өсип атырған жерин жырлап жазған шығармалары менен белсене қатнасып, бос ўақытларын жаман иллетлерге араласпай, мазмунлы өткерип атырғанлығына исенимимизди арттырады ҳәм беккемлейди. Бул өткерилген онлайн шығармалар таңлаўында Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелиги 2-а-курс талабасы Турсынбаев Азаматтың жазған шығармасы таңлаў жеңимпазлығына мияссар болды. Соның менен таңлаўға Зооинженерия (балықшылық) қәнигелиги 3-курс талабасы Ш.Низомиддинов, Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелиги 2-а-курс талабасы Ю.Худиярова, Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелиги 2-б-курс талабасы С.Джаббаров ҳәм Ветеринария (ири шақлы маллар кеселликлери) қәнигелиги 3-а-курс талабасы А.Айтниязовалар белсене қатнасты.

Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими. скачать dle 12.1