Тест сынақларына қатнаса алмаған магистратура абитуриентлери дыққатына!
Магистратураға оқыўға кириў ушын дизимнен өткен бирақ тийкарланған кеширимли себеплерге бола тест сынақларында қатнаса алмаған (арза менен мүрәжат қылған) абитуриентлер дыққатына!
Республикалық жоқары оқыў орынлары магистратурасына оқыўға кириў ушын дизимнен өткен (арза берген) бирақ кеширимли себеплерге көре онлайн тест сынақларында қатнаса алмаған абитуриентлердиң мүрәжатларына тийкарланып (арза менен мүрәжат қылған ҳәмде арзалары тийисли деп табылған) олар ушын 2020-жыл 22-сентябрь күни саат 10:00 де онлайн тест сынақлары өткериледи.
Бул онлайн тест сынақларында қатнасыўға рухсат етилген (арза менен мүрәжат қылған ҳәмде арзалары орынлы деп табылған) абитуриентлер 2020-жыл 21-сентябрь күни саат 10:00 ден баслап өзлериниң жеке кабинетлеринен логин ҳәмде пароли арқалы онлайн тест сынақларында қатнасыў ушын рухсатнаманы алыўы мүмкин.
Усы категориядағы абитуриентлерден рухсатнамаларында белгиленген мәнзиллерге (аймақ, имарат) пуқаралық паспорты ҳәмде тестте қатнасыў ушын рухсатнамасы менен 22-сентябрь күни саат 09:30 ге дейин жетип келиўлери талап етиледи.
Белгиленген мүддеттен кеш келген абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1