Аралықтан оқытыў системасының абзаллықлары
Бәршемизге белгили, коронавирус пандемиясы себепли елимиздеги жоқары оқыў орынларында студентлерди оқытыў ушын жаңа усыл, заманагөй жантасыў менен жолға қойылды. Яғный, усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринде тәлим бериўдиң аралықтан оқытыў формасы енгизилди. Жазғы семестрди де онлайн тәризде жуўмақладық. Бул процесс республикамыздағы дерлик барлық жоқары оқыў орынлары ушын үлкен тәжирийбе болды. Бизлер дәслепки рет аралықтан оқытыў системасын сынақтан өткерип көрдик. Нәтийже жаман болмады. Ашық тән алыў керек, онлайн оқытыў бойынша машқала ҳәм кемшиликлеримиз көп болды. Бизде ең тийкарғы нәрсе – тәжирийбе жетиспеди. Бирақ студентлеримиз аралықтан турып сапалы тәлим алыўы ушын бар имканиятымызды иске салып ҳәрекет еттик. Билмегенимизди үйрендик. Ҳақыйқатты айтыў керек, онлайн тәлим системасына тек студентлеримиз емес, бәлким, өзимизде еле толық таяр емес едик. «Ҳәр бир истиң бир ҳикмети бар» болғанындай, пандемия себепли әмелиятқа енгизилген аралықтан оқытыў системасы бизлер ушын үлкен бир тәжирийбе мектеби болды. Бизлер мәлимлеме-коммуникация технологиялары раўажланып атырған дәўирде турмыс кеширип атырмыз. Қашан болмасын онлайн тәлим системасын жолға қойыўымыз зәрүр еди. Бул жаңа усылды белгили бир себеп пенен мәжбүрликтен жолға қойған болсақта, бизлер ушын жақсы бир тәжирийбе болды. Таза оқыў жылында 2-сентябрден рәсмий түрде онлайн тәризде баслап алдық. Енди барлық жоқары оқыў орынларында жетерли тәжирийбе бар деп биймәлел айта аламыз. Алдыңғы қәте ҳәм кемшиликлер бизге сабақ болды. Енди оларды тәкирарламаўға ҳәмде илажы барынша сапластырыўға ҳәрекет қыламыз. Филиалымызда таза оқыў жылына профессор-оқытыўшыларымыз бенен биргеликте ҳәр тәреплеме пухта таярлық жумысларын алып бардық. Филиалымыздың 2 ҳәмде 3-курс студентлери онлайн тәлимди сапалы түрде өзлестириўи ушын филиалдың рәсмий веб-сайтында moodle системасының жаңаланған, заманагөй версиясын ислеп шықтық. Таза оқыў жылы алдынан студентлер арасында онлайн сораўнама өткердик. Онда аралықтан оқытыўдағы алдын жол қойған кемшиликлеримиз ҳәм таза оқыў жылында филиалда онлайн тәлим қандай тәризде әмелге асырылыўы бойынша ҳәр бир студенттиң тилек ҳәмде усыныслары ҳәр тәреплеме үйренип шығылды. Әлбетте ең әҳмийетли пикирлерди инабатқа алыўға ҳәрекет қылдық. Мениңше, студентлерге аралықтан тәлим бериўде тек ғана moodle системасындағы электрон сабақлықлар менен шекленип қалмаўымыз керек. Бул туўралы профессор-оқытыўшыларымыз бенен пикир алмасып, илажы болса студентлер менен көбирек жанлы тәризде (видео көринисинде) онлайн сәўбетлесиўди жолға қойыўды режелестирип атырмыз. Бунда zoom онлайн платформасы арқалы студентлер ушын илимий темаларда вебинарларды шөлкемлестириў, керек болса сабақларды Skype арқалы өтиўди гөзлеп атырмыз. Усы жерде айтып өтиў керек, таза оқыў жылының дәслепки ҳәптесинен-ақ вебинар шөлкемлестириўди баслап жибердик. Бундай тәризде сәўбетлесиў алып барыў өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди. Алдағы ўақытта тәлимниң гөнерген усылын умытыўымыз керек. Келешек тәлими ушын бүгиннен дурыс бағдар алыўымыз зәрүр. Раўажланған мәмлекетлерде онлайн тәлим формасы әллеқашан үрдиске кирген. Негизинде тәлимниң бул түри ҳәр тәреплеме қолай есапланады ҳәм кем қәрежет жумсалады. Ең тийкарғысы болса студент өзине мақул болған ўақытта ҳәм қолай жерден турып тәлим алыў имканиятына ийе болады. Демек, тәлим бериўдиң бул түринде ҳәм ўақыт ҳәм қәрежет тежеледи. Ҳәр бир мәселениң еки тәрепи болғаны сыяқлы, аралықтан тәлим алыў процесинде студентлер тек теориялық билимлер менен шекленип, әмелий көнликпелерден үзилип қалыўы мүмкин. Мәселен, бизлердиң тараўда әмелият жүдә әҳмийетли болып есапланады. Болажақ ветеринарлар әлбетте теориялық билимлерин әмелий көнликпелер менен беккемлеп барыўы зәрүр. Филиалымыздың билим алыўға интасы жоқары болған студентлеримиз бул мәселе бойынша қәўетер алыўымызға орын жоқ екенлигин дәлийлледи. Яғный олар өзлери үй шараятында ҳайўанларды емлеў ҳәм оларда ушырайтуғын кеселликлерге қарсы вакцина қоллаў сыяқлы жумысларды әмелге асырды.
Пүткил жазғы дем алыс даўамында олар өзлери жасайтуғын аймақларда өткерилген эпизоотияға қарсы гүрес илажларында қатнасты ҳәм үй ҳайўанларын емлеў жумыслары менен шуғылланды. Биз буннан жүдә қуўанышқа бөлендик. Бернард Шоу былайынша пикир билдирген еди: “Билимге алып баратуғын бирден бир жол бул-искерлик”. Демек, зийрек студентлеримиз тәлим алыў процесинде ҳәр қандай жағдайда белсенди болыўға тырысады екен. Пандемия шараятында онлайн тәлим системасын жолға қойыўдан мақсетимизде соннан ибарат емеспе еди? Тәлим бериў процесиниң үзликсизлигин тәмийинлеў. Мейли оқытыўшыларымыз аудиторияларда сабақ бере алмаятқан болса да, институттың лекция ханалары бос турған болса да тийкарғысы студентлерге тәлим бериў процеси даўам етпекте. Биз ҳәзирги жағдайдан келип шығып, студентлерге тәлим бериўде туўры жөнелисти белгилеп алдық.
Аралықтан оқытыў системасы – заманагөй тәлимге қарай тасланған исенимли қәдем болады. Биринши нәўбетте, өзимиз жаңа усыл ҳәм заманагөй жантасыўға ийкемлесип, өз тәжирийбелеримизди арттырып барыўымыз керек.
Адилбай ЕСИМБЕТОВ,
Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нөкис филиалы директоры
скачать dle 12.1