Қарақалпақстанда неше абитуриент тест сынақларына қатнаспады?
Республикамыз бойлап 2020/2021-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына қабыллаў тест сынақлары өз жуўмағына жетти. Кеше, 17-сентябрь сәнесинде дене температурасы 37 градустан жоқары болған абитуриентлер ушын қосымша тест сынақлары өткерилди. Буннан алдын сайтымыз арқалы кириў имтиханларына айрым себеплерге көре қанша абитуриент қатнаспай қалғанлығы ҳәм белгиленген тәртипти бузғанлығы себепли тест сынақларынан неше абитуриент шетлетилгенлиги туўралы мағлыўмат берген едик. Хош, Қарақалпақстан Республикасында болып өткен тест сынақларында бул бойынша статистикаға жүзленемиз. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталында жәрияланған мағлыўматқа көре, Қарақалпақстан Республикасында болып өтетуғын усы жылғы тест сынақларында 67470 абитуриенттиң қатнасыўы белгиленген болса, соннан 65680 абитуриент тест сынақларына қатнасты. 1790 абитуриент болса белгисиз себеплерге көре тест сынақларына келмеген. 9 абитуриент қадаған етилген ҳəрекетлерди ислеп, тәртипке бойсынбағанлығы ушын тест сынақларынан шетлетилген.
Кириў имтиханы ўақтында дене температурасы 37 градустан жоқары болғаны ушын қатнаса алмаған еки абитуриент ушын кеше, 17-сентябрь күни тест сынақлары шөлкемлестирилди. Онда 2 абитуриент қатнасыўы керек еди. Бирақ кеше шөлкемлестирилген тест сынақларында тест тапсырыўы белгиленген 1 абитуриент қатнасқан, ал екинши абитуриент болса тест сынақларына келмеген. Республика бойлап 2-сентябрь сәнесинен басланған тест сынақлары толық түрде жуўмақланды.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1