SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIҚосымша тест сынақлары бүгин шөлкемлестирилмекте » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Қосымша тест сынақлары бүгин шөлкемлестирилмекте
Қосымша тест сынақлары бүгин шөлкемлестирилмекте
Мəмлекетлик тест орайының 2020-жыл 13-сентябрдеги 4-санлы баянламасында усы жыл 2-13-сенябрь күнлери өткерилген тест сынақларында аймаққа кириўде дене температурасы 37⁰ С дан жоқары болған ҳәм тест сынақлары өткерилетуғын күнде коронавирус инфекциясы менен наўқасланған абитуриентлер ушын тест сынақларын 2020-жыл 17-сентябрь күни шөлкемлестириў белгиленген (https://t.me/rasmiydtm/2578). Усы абитуриентлер ушын тест сынақлары 2020-жыл 17-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда саат 8:00 ден 11:00 ге шекем болып өтеди. (https://t.me/rasmiydtm/2578). Еслетип өтемиз, бүгин усының менен республикамыз бойлап тест сынақлары толық түрде жуўмақланады ҳәм тест нәтийжелери жәрияланады. Бул бойынша мағлыўматларды сайтымыз ҳәм рәсмий телеграм каналымыз арқалы алыўыңыз мүмкин.