Тест сынақларына қанша абитуриент қатнаспады?
Тест сынақларында қатнасыўы белгиленген 1 млн 304 мың 194 абитуриенттен 1 млн 240 мың 614 (95,1%) абитуриент қатнасты.
63 мың 580 абитуриент болса (4,9 %) түрли себеплерге көре тест сынақларында қатнаспады.
Жәми 1 187 абитуриент түрли себеплерге бола тест сынақларынан шетлетилди. Соннан 548 абитуриент тестке кириў ўақтында, 639 абитуриент болса тест процесинде анықланған. Атап айтқанда тестке кириў ўақтында (ең көп бақланған):
367 абитуриент телефон менен кириўге ҳәрекет қылғаны;
48 абитуриент шпаргалка алып кириўге урынғанлығы;
118 абитуриент орынға орын кириўге ҳәрекет қылғанлығы;
10 абитуриент болса ҳүжжетлерди қәлбекилестиргенлиги ушын.
Кириў имтиханлары процесинде (ең көп гүзетилген):
491 абитуриент телефоннан пайдаланғаны;
68 абитуриент шпаргалкадан пайдалағаны;
27 абитуриент болса орынға орын киргени ушын тест сынақларынан шетлетилди.
Қалған абитуриентлер калкулятор алып кириўге урынғанлығы, шахсы тастыйықланбағанлығы, өз ара сәўбетлескенлиги, тест материалларын алмастырғанлығы, тест материалларын алып шығыўға ҳәрекет қылғанлығы сыяқлы түрли себеплерге көре тест сынақларынан шетлетилген.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1