Апелляцияға бериў тәртиби қандай?
Бәршемизге белгили, ҳәр жылы тест сынақлары жуўмақланғаннан соң нәтийжелер жәрияланғанда, өзиниң топлаған баллынан наразы абитуриентлер табылады. Олар апелляциялық арза менен мүрәжат етиўлери мүмкин. Хош, усы жылы апелляциялық арза ямаса шағымларды қабыллаў процеси қандай тәризде әмелге асырылады? Жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди қабыллаў онлайн тәризде шөлкемлестирилгени сыяқлы апелляциялық арзаларын да онлайн қабыл етиў режелестирилмекте. Кириў имтиханлары толық түрде жуўмақланғаннан кейин өзиниң нәтийжелеринен наразы абитуриентлер ушын онлайн арза бериў имканияты жаратылады. Яғный, бул процес октябрь айының басларында жолға қойылыўы жобаластырылмақта.
Апелляциялық арзаларды көрип шығыў процеси тест орайында, экспертлер тәрепинен онлайн тәризде өткерилиўи ҳәм абитуриентлердиң ата-аналары да онлайн гүзетиў имканиятына ийе болатуғынлығы айтылмақта. Бул процеске абитуриенттиң өзи кириў имтиханларында шешкен сораўлар бети менен қатнасыўы белгиленген.
Абитуриент хабарнамада белгиленген күнде өзиниң паспорты ҳәм абитуриент рухсатнмасы менен келиўи шәрт;
абитуриент өзиниң ҳәр бир надурыс деп есаплаған тест тапсырмасына жуўапларын жазба тәризде баян етеди ҳәм апелляция комиссиясына инәм етеди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1