Кириў имтиханлары жуўмақланды. Абитуриентлер ушын мағлыўматлар
Республикамыз бойлап 2-13-сентябрь күнлери жоқары оқыў орынларына кириў имтиханлары болып өтти. Быйылғы тест сынақларында 1,5 миллионға жақын абитуриент жоқары билимлендириў мәкемелериндеги 140 мыңға жақын орын ушын өз билимлерин сынақтан өткерди.
2020-жыл 13-сентябрь сәнесинде ЖООларына кириў имтиханлары өз жуўмағына жетти. Хабарыңыз бар, абитуриентлер өзлериниң топлаған балларын тест сынақларын тапсырған күннен бир күн өтип билиў имканиятына ийе болды. Олар өзлериниң қанша балл топлағанлығын билгени менен нешинши орында турғанлығынан хабардар болыў имканиятына еле ийе емес. Алдын сайтымыз арқалы жарытқанымыздай, 17-сентябрь күни дене температурасы көтерилгенлиги ушын имтиханнан шетлетилген абитуриентлер ушын имтихан болып өтиўи режелестирилген. Ҳаўа райы пәнт бермесе, сол белгиленген 17-сентябрь сәнесинде тест сынақлары өткериледи ҳәм кеминде сол күни ямаса оннан бурынлаў абитуриентлер өзлери топлаған балына қарап қайсы орында турғанлығын билип алыў имканиятына ийе болады. 18-сентябрден баслап тест нәтийжелери улыўмаластырылып, тәртипке салыў жумыслары басланады.
Абитуриентлердиң студентликке қабыл етилгенлиги ҳаққындағы нәтийжелери 24-сентябрьге дейин болған аралықта жәрияланыўы режелестирилген. Әлбетте, ҳәр бир абитуриент өзгеше толқынланыў ҳәм асығыслық пенен тест нәтийжелериниң толық түрде жәрияланыўын күтип отырғанлығы анық. Бәршеңизге қуўанышлы хабар еситиў несип етиўин тилеп қаламыз!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1