Академиялық лицейлерде имтиханлар болып ɵтпекте
2020/2021-оқыў жылы ушын улыўма орта билимлендириў мектеплериниӊ 50 000 ға жақын питкериўшилерин академиялық лицейлерге қабыллаў бойынша имтиханлары басланды. 2020-жыл 7-15-сентябрь күнлери 2020/2021-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынлары жанындағы 65 академиялық лицейлерде белгиленген график тийкарында, бир сменада азанғы 8:00 ден 10:00 ге дейин билимлендириў мǝкемеси аймағында жайласқан спорт майданларында, барлық санитария-гигиена қағыйдаларына қатаӊ ǝмел қылған ҳалда имтиханлардыӊ ɵткерилиўи белгиленген.
Быйылғы тест сынақлары ҳаққындағы жаӊалықларды турақлы түрде сайтымыз ҳǝм рǝсмий телеграм каналымыз арқалы бақлап барыӊ!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1