SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиалда онлайн вебинар шɵлкемлестирилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нɵкис филиалы тǝрепинен «Тɵменги Әмиўдǝрья ихтиофаунасы түр қурамы ҳǝм ушырамайтуғын түрлердиӊ қорғалыўы» темасында профессор-оқытыўшылар, студентлер ҳǝмде тараўға қызығыўшылар ушын Zoom онлайн платформасы арқалы вебинар шɵлкемлестирилди. Бул вебинарда Ургенч мǝмлекетлик университетиниӊ 4-курс студенти жас изертлеўши, ихтиолог, генетик STEM пǝнлери студенти Акбаржон Рўзимов тема бойынша түсиник берди. Вебинар даўамында филиал студентлери Ɵзбекстан ҳǝм Әмиўдǝрья суў бассейни тɵменги ағымы ихтиофаунасы түр қурамы туўралы кеӊ түсиниклерге ийе болды ҳǝмде теманы жақсы ɵзлестирип алды. Сондай-ақ, А.Рўзимов студентлерге керекли мағлыўматларды айтып ɵтти. Мине усындай онлайн вебинарлардыӊ шɵлкемлестирилиўи студент жаслардыӊ билимлери еледе артып барыўы ҳǝм олар менен онлайн сǝўбетлесиўди жақсы жолға қойыўда ǝҳмийетли болып есапланады. Буннан алдын да студентлер ушын бундай онлайн вебинарлар шɵлкемлестирилди. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нɵкис филиалы Баспа сɵз хызмети