Магистратура абитуриентлери дыққатына!
Жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары қашан ɵткерилиўи мǝлим болды. Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 3-санлы мәжилис протоколы қарарына муўапық, 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўында республикалық жоқары оқыў орынларының магистратурасына кириў имтиханлары карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда 2020-жылдың 8-20-сентябрь күнлери аралығында өткериледи. Мағлыўмат ушын, магистратураға ҳүжжет тапсырған абитуриентлерге кириў имтиханларында қатнасыўы ушын рухсатнама тарқатылмайды. Олар тек ғана өзлериниң жеке кабинетлерине электрон система арқалы имтиханлар болып ɵтетуғын орын ҳәмде мүддети ҳаққында мағлыўмат алыўы мүмкин. Дереклердиӊ хабар етиўине қарағанда, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилиўи режелестирилмекте екен. Абитуриентлерден кириў имтиханларына паспорт пенен келиўи талап етиледи. Керекли мағлыўматларды magistr.edu.uz платформасындағы жеке кабинети арқалы билип алыўлары мүмкин. Еслетип ɵтемиз, кеше 2-сентябрь сǝнесинен баслап 2020/2021-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларыныӊ бакалавриат тǝлим бағдарларына қабыллаў тест сынақлары басланды.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1