SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСАМВМИ НƟКИС ФИЛИАЛЫНДА ТАЗА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ ОНЛАЙН ТӘРИЗДЕ БАСЛАНДЫ » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » САМВМИ НƟКИС ФИЛИАЛЫНДА ТАЗА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ ОНЛАЙН ТӘРИЗДЕ БАСЛАНДЫ
САМВМИ НƟКИС ФИЛИАЛЫНДА ТАЗА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ ОНЛАЙН ТӘРИЗДЕ БАСЛАНДЫ
Бүгин, 2-сентябрь республикамыздағы жоқары оқыў орынларында 2020/2021-оқыў жылы рǝсмий түрде басланды. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нɵкис филиалында тǝлим алып атырған 2 ҳǝмде 3-курс студентлер ушын рǝсмий түрде таза оқыў жылы онлайн тǝризде жолға қойылды. Бүгиннен баслап филиал студентлери ушын Ғǝрезсизлик сабақлары аралықтан онлайн түрде ɵткерилмекте. Соны айтып ɵтиў керек СамВМИ Нɵкис филиалы таза оқыў жылын аралықтан жолға қойыў ҳǝмде студентлерге ҳǝр тǝреплеме қолайлық жаратыў мақсетинде филиалдыӊ рǝсмий веб-сайтында www.samvminf.uz/moodle системасы иске түсирилди. Енди филиалда ǝмелдеги оқыў режеси бойынша сабақлар профессор-оқытыўшылар тǝрепинен онлайн тǝризде ǝмелге асырылады. Бунда ҳǝр бир студенттиӊ онлайн сабақларға қатнасы оқыў бɵлими тǝрепинен бақланып барылады. Ҳүрметли профессор-оқытыўшылар ҳǝмде студент жаслар 2020/2021-оқыў жылы мүбǝрек болсын! Бǝршеӊизге жаӊа табыслар тилеп қаламыз!