СамВМИ Нɵкис филиалы директорыныӊ байрам қутлықлаўы
Әзиз заманласлар! Мине қǝлбимизди мақтаныш ҳǝм қуўаныш пенен толтыратуғын ǝййямымыз есик қағып турыпты. Еӊ дǝслеп, ғǝрезсизлигимиздиӊ 29 жыллық салтанатына бǝршемизди жǝне бир мǝрте саў-саламатлықта жеткизгенине мыӊ шүкирлер болсын! Ҳақыйқатында да бул байрам ҳǝммемиз асығып, талпынып күтетуғын еӊ уллы ҳǝм еӊ үлкен ǝййямымыз есапланады. Усы қысқа ўақыт ишинде мǝмлекетимизде ǝмелге асырылған кеӊ кɵлемли реформалар, ɵсиў ҳǝмде илгерилеўлердиӊ гүўасы болып келмектемиз. Ғǝрезсиз Ɵзбекстан раўажланыў жолынан бармақта. Бир ғана билимлендириў тараўын алып қарайтуғын болсақ, соӊғы жылларда ǝмелге асырылып атырған реформалар студент жаслар ушын кеӊ имканият есиклерин ашып бермекте. Келешегимиз ийелери болған жаслар тǝлимине болған бундай жоқары итибар ǝлбетте ɵзиниӊ жақсы нǝтийжесин бериўи анық. Президентимиздиӊ Пǝрманы менен Ɵзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға дейин раўажландырыў концепциясыныӊ тастыйықланғанлығы ҳǝм онда ǝмелге асырылыўы зǝрүр болған бир қатар ǝҳмийетли ўазыйпалар белгилениўи жоқарыда айтып ɵтилген пикиримиздиӊ дǝлийли бола алады. Мǝмлекетимиздеги сынақлы дǝўирде пандемия шараятында да жоқары оқыў орынларында тǝлим бериў процеси үзилип қалмады. Студентлерди онлайн оқытыў жолға қойылды. Бул болса ɵз нǝўбетинде елимиздеги барлық жоқары оқыў орынларына жақсы бир тǝжирийбе болды. Енди аралықтан тǝлим бериў бойынша жақсы бир кɵнликпеге ийе болдық. Сентябрь айынан баслап ЖООларында оқыў онлайн басланыўы белгиленди. Бунда тǝлимниӊ сапасынан қǝўетер алыўға орын жоқ деп ойлайман. Себеби, профессор-оқытыўшыларымыз қандай тǝризде оқытыў керек болса да жақсы билим бериўге ҳǝм заман менен теӊ қǝдем басыўға ҳǝрекет қылады. Мүбǝрек рамазан ҳайыты ǝййямын да усындай бир аўыр ҳǝм сынақлы жағдайда белгилеп алдық. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында ɵткерилген видеоселектор жыйналысында пандемия менен байланыслы жағдай усы жылы орынларда үлкен сейил ҳǝм байрам салтанатларын ɵткериўди шеклеўди талап етип турғанлығын, сол себепли усы уллы сǝнени кɵбирек шаӊарақ ағзалары менен биргеликте белгилеўди шɵлкемлестириў мǝселелери билдирип ɵтилди. Әлбетте, биринши нǝўбетте ɵзиӊиз ҳǝм ɵзгелердиӊ саламатлығы қǝўипсизлигин тǝмийинлеў ҳǝзирги күнде ǝҳмийетли есапланады. Бул уллы байрамға жақынларымыз бенен биргеликте аман-есенликте жеткизгенлигиниӊ ɵзи бизге инǝм етилген саўға деп ойлайман. Усындай аўыр ҳǝм сынақлы күнлерден шырайлы сабыр менен ɵтип аламыз. Тек ғана кеўилиӊизге жақсы нийет салып, шын кеўилден тилек билдириӊ! Пурсаттан пайдаланып, республикамыз халқын, филиалымыз жǝмǝǝтин ҳǝмде ǝзиз студент жасларды Ɵзбекстан Республикасы Ғǝрезсизлигиниӊ 29 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайман! Елимиздиӊ тынышлығына кɵз тиймесин! Аспанымыз ашық болсын! Ҳǝр биримиздиӊ қǝлбимизде мудамы тынышлық қосығы жаӊлап турсын! Кɵшелеримиз бахытлы адамлар менен толып-тасып, ҳǝр бир демимиз шадлыққа бай болсын! Илайым, кекселеримиздиӊ дуўалары қабыл болып, тез күнлерде елимиздеги ҳǝзирги жағдай пүткиллей жақсыланып кетсин. Ҳǝммеӊизге саў-саламатлық тилеп қаламан! Жақсы күнлерде дийдар кɵрисиў несип етсин! Жǝне бир мǝрте байрам мүбǝрек болсын!
Ҳүрмет пенен,
Адилбай Есимбетов,
Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нɵкис филиалы директоры
скачать dle 12.1