SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIАбитуриент рухсатнамасын жүклеп алыўда қандай имканият жаратылды? » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Абитуриент рухсатнамасын жүклеп алыўда қандай имканият жаратылды?
Хабарыӊыз бар, 22-август сǝнесинен баслап http://abitur.dtm.uz сайты арқалы «Абитуриент рухсатнамасы» берилип баслады. Кɵпшилик абитуриентлер рухсатнаманы жүклеп алыўда дизимнен ɵткен телефон номериниң ислемей қалғаны ямаса номердиӊ жоғалғанлығы, сондай-ақ жеке кабинетке кириў паролин умытып қойғаны бойынша Мәмлекетлик тест орайына мүрәжат еткен. Ɵз орнында мүрǝжатлар инабатқа алынып, «Абитуриент рухсатнамасы»н жүклеп алыў ушын қосымша имканият жаратылды. Енди «Абитуриент рухсатнамасы»н жеке кабинетке кирмей турып жүклеп алыўға болады. Буныӊ ушын абитуриентлерге телефон номер ямаса пароль керек болмайды. Енди олар тек ғана төмендеги мағлыўматларды киритиўи керек: -Паспорт сериясы; -Паспорт номери; -Физикалық тәрептиң жеке идентификациялық номери (ФТЖИН). Жоқарыда айтылып ɵтилген имканияттан төмендеги силтеме арқалы пайдаланыўға болады: https://abitur.dtm.uz/allow 2020/2021-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына қабыллаў тест сынақлары ҳаққындағы хабар ҳǝмде жаӊалықларды сайтымыз ҳǝмде рǝсмий телеграм каналымыз арқалы бақлап барыӊ!