Қарақалпақстанда тест сынақлары болып ɵтетуғын стадионнан кɵринис
Тест сынақларыныӊ басланыў мүддети де жақынлап қалды. Ҳǝзир Ташкент қаласы, ўǝлаятлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы тест сынақлары ɵткерилиўи ушын таӊлап алынған ашық стадионларда таярлық жумыслары алып барылмақта. Алдын хабар етилгениндей, Быйылғы жоқары оқыў орынларына кириў ушын тест-сынақлары пайтахтымыздағы “Туран” орайлық стадионы, Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң теннис корты сондай-ақ, Қарақалпақстан балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының стадионында өткерилиўи белгиленди. Нəзириңизге Қарақалпақстан балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының стадионындағы таярлық жумысларынан көринислерди усынамыз.
2020/2021-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына қабыллаў тест сынақлары ҳаққындағы хабар ҳǝмде жаӊалықларды сайтымыз ҳǝмде рǝсмий телеграм каналымыз арқалы бақлап барыӊ!
скачать dle 12.1