Қарақалпақстан Республикасында тест сынақларына таярлық жумыслары ҳаққында
Быйылғы оқыў жылы ушын Қарақалпақстан Республикасында 82 мың 397 абитуриент онлайн түрде дизимге алынған болса, соннан 70 482 абитуриент тест сынақларында қатнасады, 11 915 абитуриент дөретиўшилик имтиханлар тийкарында өз билимин сынақтан өткереди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети хабар кылды. “Туран” орайлық стадионында 2 сектор болып, 1-сменада 1800 абитуриент, Қарақалпақстан балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясы стадионында 780 ҳәм Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң теннис кортында 420 абитуриент тест тапсырыўы ушын шараятлар жаратылған болып, ҳәр бир абитуриент ушын 6 м2 ажыратылған. Сондай-ақ, ҳәр бир абитуриентти медициналық нықап ҳәм қолғап, ручка 0,5л сыйымлықтағы суў менен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар берилмекте. Соныда атап өтиў керек, тест сынақларының әдалатлы өтиўин тәмийинлеў мақсетинде стадионларға 360 градуслы радиусқа ийе видеобақлаўлар, абитуриентлердиң шахсын анықлаўшы идентификациялаў қурылмалары орнатылған.


скачать dle 12.1