Ертеӊ абитуриентлерге руқсатнама бериў басланады
Мәмлекетлик тест орайы директоры орынбасары Сардор Ражабовтыӊ МҒКА залында ɵткерилген жыйналыста мǝлим етиўинше, ертеӊнен яғный 22-август сǝнесинен баслап абитуриентлерге руқсатнама бериў басланады екен. Демек, ертеӊги күннен баслап Мǝмлекетлик тест орайыныӊ рǝсмий сайтындағы ҳǝр бир абитуриенттиӊ жеке кабинетинде абитуриент руқсатнамасы қойылады. Ҳǝр бир абитуриенттиӊ дизимнен ɵткенде кɵрсеткен телефон номерине бул ҳаққында SMS-хабар
жибериледи. Еслетип өтемиз, «Aбитуриент руқсатнамасы» тест сынақларына қатнасыў ушын жүдǝ әҳмийетли ҳүжжет болып онда абитуриенттиң жеке мағлыўматлары менен бирге:
-тест тапсырыў аймағы;
-тест тапсырылатуғын сәне ҳәм ўақыт;
-тест өткерилетуғын имарат;
-тест тапсырылатуғын смена ҳәм топар номери сыяқлы бир неше мағлыўматлар болады.
2020/2021-оқыў жылы ушын жоқарғы оқыў орынларына қабыллаў тест сынақлары ҳаққындағы хабар ҳǝмде жаӊалықларды сайтымыз ҳǝмде рǝсмий телеграм каналымыз арқалы бақлап барыӊ!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1