SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер жазғы дем алыс даўамында эпизоотикалық илажларда қатнаспақта. » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Студентлер жазғы дем алыс даўамында эпизоотикалық илажларда қатнаспақта.
Студентлер жазғы дем алыс даўамында эпизоотикалық илажларда қатнаспақта.
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нɵкис филиалы студентлери жазғы дем алысты ҳǝр тǝреплеме мазмунлы ɵткериў менен бирге ɵзлериниӊ ǝмелий билимлерин жǝне де асырыўға қунт пенен ҳǝрекет қылмақта. Яғный, аймақларда ɵткерилип атырған эпизоотияға қарсы гүрес илажларында қатнасып атыр. Бул болса жас ветеринар қǝнигелердиӊ тǝжирийбе асырыўы ҳǝмде бул бойынша ɵз билимлерин еледе беккемлеўде үлкен ǝҳмийетке ийе болып есапланады.
Филиалдыӊ Ветеринария медицинасы қǝнигелигиниӊ 3-курс студенти Ислам Янгибоев ҳǝзирги ўақытта қарамалларды емлеўди үйрениў жумыслары менен шуғылланып атыр. Әлбетте, карантин қағыйдаларына ǝмел қылған ҳалда ɵзи жасайтуғын Хожели районындағы қарамал бағып атырған үйлерге барып, қǝниге басшылығында қарамалларды қарасан кеселлигине қарсы емлеў илажларында қатнасып атыр. Студентимиз бул менен ɵз билимлерин жǝне де беккемлеп барыў менен бирге, керекли ǝмелий кɵнликпеге ийе болмақта. Мине усындай билим алыўға қунт пенен ҳǝрекет қылып атырған студентлер филиал оқытыўшыларында мақтаныш сезимлерин пайда етсе ǝжеп емес.
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нɵкис филиалы Баспа сɵз хызмети