SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
ЕКИНШИ ҚӘНИГЕЛИККЕ АРЗА ТАПСЫРЫЎ ВЕБ-ПЛАТФОРМАСЫНДА СТАТИСТИКА БƟЛИМИ ИСКЕ ТҮСИРИЛДИ » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SamDVUNF » Жаналықлар » ЕКИНШИ ҚӘНИГЕЛИККЕ АРЗА ТАПСЫРЫЎ ВЕБ-ПЛАТФОРМАСЫНДА СТАТИСТИКА БƟЛИМИ ИСКЕ ТҮСИРИЛДИ
ЕКИНШИ ҚӘНИГЕЛИККЕ АРЗА ТАПСЫРЫЎ ВЕБ-ПЛАТФОРМАСЫНДА СТАТИСТИКА БƟЛИМИ ИСКЕ ТҮСИРИЛДИ
Жоқары оқыў орынлары бакалавриатыныӊ екинши қǝнигелигине кириў имтиханларында қатнасыў ушын онлайн арза тапсырыўдыӊ веб-платформасында (ikkinchitalim.edu.uz ) статистика бɵлими иске түсирилди. Бул туўралы Жоқары ҳǝм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниӊ мǝлимлеме хызмети хабар берди. http://ikkinchitalim.edu.uz/stats . Бул бɵлимде екинши жоқары билимлендириў бойынша қабыллаўға рухсат етилген жоқары оқыў орны, тǝлим бағдарлары ҳǝм тǝлим тили кесиминде онлайн арзалар санын кɵриўге болады. 2020/2021 -оқыў жылы ушын екинши жоқары билимлендириў бойынша қабыллаўға рухсат берилген жоқары оқыў орынлары дизими мине усы силтемеде кɵрсетилген https://t.me/otm_info/321 . Екинши жоқары билимлендириўди алыў ушын абитуриент сыпатында дизимнен ɵтиўдиӊ соӊғы мүддети 2020-жыл 31-август ( усы күни ҳǝм).2020/202 1-оқыў жылы ушын жоқарғы оқыў орынларына қабыллаў тест сынақлары ҳаққындағы хабар ҳǝмде жаӊалықларды сайтымыз ҳǝмде рǝсмий телеграм каналымыз арқалы бақлап барыӊ!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1