SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГЕРБИ » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГЕРБИ
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГЕРБИ
Мәмлекетлик герб Өзбекстан Республикасының 1992-жыл 2-июлда 616-ХII-санлы «Өзбекстан РеспубликасыМәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызамы менен тастыйықланған. Өзбекстан РеспубликасыныңМәмлекетлик герби төмендеги көриниске ийе: таўлар, дәрьялар ҳәм сол тәрепи бийдаймасақларынан, оңы болса пахтаның ғөреклери ашылған ғоза шақаларынан ибарат дәстегеоралған гүлленген ойпатлық бойлап қуяш алтын нурларын таратып турады. Гербтиң жоқарыбөлегинде Республика көрк ҳәм шырайының белгиси сыпатында сегизмүйеш сүўретленгенболып, оның ишки бөлегинде ярым ай ҳәм жулдыз суўретленген. Гербтиң орайындабахыт ҳәм ғәрезсизликтиң символы - қанатларын жайған Қумай қусы суўретленген.Гербтиң төменги бөлегинде Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағын аңлатыўшыдәстеленген лентаға «Өзбекстан» деп жазып қойылған. Өзбекстан РеспубликасыМәмлекетлик гербиниң реңли көринисинде: Қумай қусы ҳәм дәрьялар - гүмисреңинде; қуяш, масақлар, пахта ҳәм пахта ғөреклери ҳәм «Өзбекстан» жазыўы - алтын реңинде; ғоза шақалары ҳәм жапырақлары, таўлар ҳәм ойпатлық - жасылреңде; пахта ғөреклериндеги пахта — ақ реңде; лента - Өзбекстан РеспубликасыМәмлекетлик байрағының реңлерин сәўлелендириўши үш қыйлы реңде; сегизмүйеш - алтын менен жийекленген ҳалда ҳаўа реңде ярым ай ҳәм жулдызлар - ақ реңинде суўретленген.