Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов филиалға келди
Усы жылдыӊ 24-февраль күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына келди. Министр дәслеп, студентлер турақ жайында студентлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, студент-қызлар менен ашық сәўбетлесиў алып барды. Буннан соӊ оқыў аудиторияларына кирип, сабақ процесси менен танысты ҳәм студент-жаслар менен сәўбетлести.
Ашық сәўбетлесиў даўамында Абдуқодир Тошқулов филиалдағы оқыў процесслери ҳәм студентлердиӊ машқалалары менен қызықсынды. Соныӊ менен кафедралардыӊ хызмети менен танысып шығып, кафедра баслықлары ҳәм оқытыўшылары менен сәўбетлести. –Студентлерге билим бериӊ, меҳир бериӊ сонда ҳәммеси жақсы болады– деди министр өз сөзинде. Ушырасыў даўамында филиалдағы оқыў аудиторияларыныӊ жағдайы ҳәм студентлер ушын жаратылған шәрт-шараятлар менен жақыннан танысты. Соны айрықша атап өтиў керек, Абдуқодир Тошқулов пенен алып барылған сәўбетлесиў даўамында студент-жаслар жақсы мотивация алды.
скачать dle 12.1