Бекребалық (Acipenser nudiventris) сүйекли балықлар классының осётра тәризлилер түрине
Бекребалық (Acipenser nudiventris) сүйекли балықлар классының осётра тәризлилер түрине ҳәм осётралар топарына киреди. Бул балық Қара, Азов, Каспий ҳәм алдынлари Арал теңизинде тарқалған. Балхаш көл ҳаўизлерине ықлымластырылған. Денеси узынша, тумсығы созынқы, аўзы басының астында жайласқан. Склети шемиршектен пайда болған. Денесиндеги ойықшалары бес қатар, арқасында 11-17, қапталында 55-57, қарнында болса 15-16 ойықшалары бар. Бойы 2 м ден артық, салмағы 80 кг ға шекем болады.
Бекребалық көшип жүриўши балық, ол тиришилигиниң бир бөлегин теңизде (шор суўда) өткерсе, ал уўылдырық дәўиринде дәрьяда (душшы суўда) өткереди. Урғашысы 12-14 жаста, еркеги 8-9 жаста жетиледи. Тухымланыўы жасына байланыслы. Бойы 120-150 см, салмағы 13-20 кг болғанда 210-340 мың уўылдырық қояды.
Арал теңизиниң биолагик жағдайы балықлар ушын жақсы болғанда уўылдырық таслаў ушын Аралдан Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья қуярлығында топланған, соң дәрьяның жоқары ағымындағы уўылдырық таслайтуғын жерлерине өткен. Тухымнан шыққан шабақлардың бир бөлеги дәрья суў ағымы бойлап теңизге (шор суўға) қайтады, қалғанлары дәрьяда қалады. Бекре балық омыртқасыз ҳайўанлар, шығанақлар ҳәм суў өсимликлери менен азықланады.1936-жылға шекем Арал теңизинде жүдә көп аўланатуғын болған.
Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрья ирригация қурылыслары ҳәм Арал теңизи экологиялық жағдайының өзгериўи нәтийжесинде Бекре балық жүдә кемейип кетти. Ҳәзир Әмиўдәрьяның орта ағымында суў ҳәўизлеринде ҳәм Зарафшан дәрьясының төменги бөлиминдеги ири каналларда аз муғдарда сақланып қалған. Өзбекстан Қызыл китабына киргизилген.
Зооинженерия кафедраси үлкен оқытыўшысы Қ.Атаназаров
скачать dle 12.1