Онлайн шығармалар таңлаўының жеңимпазлары анықланды
Филиалда билим алып атырған студент-жаслардың қысқы дем алыс күнлеринде олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде онлайн таңлаўларды өткериў даўам етпекте. Атап айтқанда, 14 январь – Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен “Ўатансүйиўшиликти мен қалай түсинемен?” темасындағы онлайн шығармалар таңлаўы өз жуўмағына жетти. Хош бунда қайсы авторлардың дөретиўшилик жумыслары жеңимпаз деп табылды? Демек, нәтийжелер менен танысамыз:
1-орынды Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 205-топар студенти Гулмира Жолданова қолға киргизди.
2-орынды Зооинженерия (түрлери бойынша) қәнигелиги 1-курс 111-топар студенти Ирода Турсунбоева ийеледи.
3-орынды болса Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 200-топар студенти Наргиза Жолдасбаева алды.
Бул авторлардың шығармалары филиалдың рәсмий веб-сайтында ҳәмде барлық социаллық тармақларында жәрияланады. Ең жақсы деп табылған дөретиўшилик жумысларының авторлары онлайн тәризде диплом менен сыйлықланды.
скачать dle 12.1